Журналистика тәлим бағдарына дөретиўшилик имтиханлар басланды

83

Бүгин, 11-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2025-2026-оқыў жылы ушын бакалавриаттың айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларына өткерилип атырған кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар белгиленген кесте тийкарында даўам етпекте.

Бүгиннен баслап журналистика тәлим бағдарының қарақалпақ ҳәм өзбек топарлары ушын дөретиўшилик имтиханларға старт берилди. Дөретиўшилик имтиханлар дәслеп жазба жумыслар менен басланды. Имтиханда қатнасқан абитуриентлер өз билим ҳәм пикирлеў потенциалын жазба түрде көрсетпекте.

Имтиханның кейинги басқышы – аўызеки дөретиўшилик сәўбетлерден ибарат болып, онда абитуриентлер сөйлеў мәденияты, улыўма дүньяқарасы ҳәм кәсипке болған мүнәсибети арқалы баҳаланады.

Барлық абитуриентлерге әўмет тилеймиз.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери