Имтиханлар ҳаққында депутат пикири

136

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен 2025-2026-оқыў жылы ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларды өткериў бойынша усы жылдың 7-16-июль күнлери аралығында арнаўлы кесте тастыйықланған еди. Усы кестеге муўапық, бүгин Дене мәденияты тәлим бағдары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларының үшинши күни даўам етпекте.

Бул имтиханлардың ашық-айдын өткерилип атырылғанлығы ҳәм абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында  “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Тажибай Романов өз пикирлерин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.