Бразилия Президенти Трамптан неге наразы?

Бразилия Президенти Луис Инасиу Лула да Силва БРИКС ассоциациясы АҚШ Президенти Дональд Трамп тәрепинен сынға алынғанына наразылығын билдирди ҳәм структураға ағза мәмлекетлерге бажы енгизиў пикирин қаралады.
– БРИКС мәжилисине қарсы ҳеш қандай даўа қабыл етпеймиз, – деди ол Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди менен бирге өткерген баспасөз әнжуманында. – Кеше АҚШ Президенти шөлкем қурамындағы мәмлекетлерге қосымша салық салыныўы итималын билдирди. Биз бул пикирге қосылмаймыз. БРИКС қатарында тынышлық, раўажланыў ҳәм теңсизликти сапластырыўға умтылып атырған мәмлекетлер бирлескен. Биз урысты, қарама-қарсылықты қәлемеймиз, керисинше мәмлекетлердиң раўажланыўын қәлеймиз.
Гәп сонда, алдынырақ БРИКС мәмлекетлери миллий валюталарда есап-санақ көлемин кеңейтиў ҳәм ҳәттеки блок шеңберинде улыўма пул бирлигин жаратыў имканиятын додалаған. Соған тийкарланып Трамп лаўазымға кирискеннен соң, БРИКС мәмлекетлерине 100 процентлик саўда тарифи менен қәўип салды.
Сондай-ақ, АҚШ жетекшиси БРИКС ағзаларын доллардың “глобаллық стандарт” статусын бузыўға урыныўда айыплап, “анти Америка” сиясатын қоллап-қуўатлаған ҳәр қандай мәмлекетке қосымша бажы салыў менен қәўип салды. Ақ үй басшысының атап өтиўинше, бул бағдардағы сиясатта шетлениў болмайды.
– Мениңше, БРИКС айрықша қәўип туўдырмайды, – деди Трамп Министрлер Кабинети мәжилисинде журналистлерге. – Олардың мақсети долларды жоқ етиў. Яғный бул орынды қандайда бир басқа мәмлекетлик пул ийелеўи ҳәм жаңа стандарт пайда болыўына ерисиў. Демек, биз ҳеш қандай шараятта өз статусымызды жоғалтпаймыз.
Ол долларға салыстырғанда дүнья резерв валютасы статусын жоғалтыўды жәҳән урысында жеңилиске ушыраў менен салыстырыў мүмкин екенлигинен ескертти:
– Бул үлкен жер жүзилик урысты жеңип алыў менен барабар. Биз мәмлекетимиз усы жағдайға түсиўине жол қоймаймыз.
С.Раҳимов, ӨзА