Google жасалма интеллект – AlphaFold жәрдеминде жаратылған жаңа ракқа қарсы дәри қуралын клиникалық сынақтан өткериўди баслады

118

Бул жасалма интеллект тек ғана белоклардың формасын анық болжап ғана қоймастан, ал олардың ДНК, РНК, ионлар, антиденелер ҳәм дәри молекулалары менен өз-ара тәсирин де моделлестире алады. Дүзиўшилердиң исеним билдириўинше, бул технология барлық түрдеги кеселликлерди емлеўге жәрдем бериўи мүмкин.

AlphaFold алдын басқа дәрилерди жаратыўда да нәтийже көрсеткен еди, бирақ бул – оның ракқа қарсы биринши клиникалық сынағы болып есапланады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги