Халықаралық дайджест (+видео)

Италияның Милан қаласындағы Бергамо аэропортында самолёт двигателине кирип кеткен еркек қайтыс болды. Самолёт 8-июль күни Испанияның Астурия қаласына пәрўазға таярлық көрип атырған болған. Самолёт ушыў-қоныў жолына шыққан ўақытта белгисиз шахс жуўырып келип, ҳәрекеттеги двигательге жақынласқан ҳәм оның ишине тартылып кеткен. Апатшылық самолёт еле ҳаўаға көтерилместен алдын жүз берген.
Қубла Корея 2025-жылдың басында теңизден қутқарып алынған 6 арқа кореялы қашқынды өз ўатанына қайтарып жиберди. Қашқынлар март ҳәм май айларында кемеде еки мәмлекет теңиз шегарасы арқалы жүзип өткен. Сеулдиң мәлим етиўинше, олар үйге қайтыў тилегин бир неше мәрте билдирип, өзлериниң «толық разылығы менен» ўатанына қайтарылмақта.
Усы жыл 8-июль күни Франция президенти Эммануэль Макрон өмирлик жолдасы менен бирге Уллы Британияға үш күнлик мәмлекетлик сапар менен келди. Оларды Уэлс шаҳзадасы Уильям ҳәм Кейт Миддлтон күтип алды. Рәсмий ушырасыўлар, дипломатиялық илажлар ҳәм патшалық мәресимлерин өз ишине алған бул сапар етиў еле басланбаған ўақытта, Бриджит Макронның Нортхолт әскерий базасында күтип алынған ўақыттағы ис-ҳәрекети социаллық тармақларда додалаў орайына айланды. Самолёттан биринши болып шыққан президент Макрон ҳаялына қол созды – бул жентелменлик белгиси сыпатында баҳаланды. Бирақ Бриджит Макрон өмирлик жолдасының қолын көрмегенге алып, траптан еркин түсти. Бул ўақыт камераларға жазып алынды ҳәм дәрҳал интернетке тарқалды.
Израиль ҳәм ХАМАС рәсмийлери Газада оқ атыўды тоқтатыў бойынша келисимге ерисиўге жақын тур. Бул ҳаққында Қатардағы сөйлесиўлерден хабардар дереклерге сүйенип, Sky News хабар берди.
Сөйлесиўлерде шешилмеген бирден-бир мәселе – Газадағы Израиль армиясының статусы ҳәм аймақта қалыў мүддети. Израильдиң алдында таңлаў тур: урысты тамамлап, барлық гиреўдегилерди алып Газадан шығып кетиў ямаса регионды белгисиз мүддетке әскерий қадағалаў астында сақлап қалыў.
Халықаралық жынайый суды 8-июль күни «Талибан» жетекшиси Ҳайбатуллоҳ Охундзода ҳәм Аўғанстан Жоқарғы суды баслығы Абдул Ҳаким Ҳаққонийди ҳаял-қызларды қуўдалаўда айыплап, оларды қамаққа алыўға ордер берди. Бул ҳаққында CNN хабар берди. Бул еки жетекши «Талибан»ның гендер сиясатына «сәйкес келмейтуғын» ҳаял-қызларға «буйрық бериў, ийтермелеў ямаса шақырыў»да айыплы деп табылған.
Россия президенти Владимир Путин ҳәм басқа рәсмийлер Украина менен үшинши раунд сөйлесиўлерин, ҳәттеки жетекшилер дәрежесинде де өткериўге қарсы емес. Бул ҳаққында Түркия сыртқы ислер министри Ҳоқон Фидан TRT Haber телеканалына берген интервьюинде мәлим етти.
Оның сөзлерине бола, Россия ҳәм Украина ушын тынышлыққа ең жақын болған ўақыт Стамбулдағы сөйлесиўлер еди. Россия ҳәзир сөйлесиўлердиң үшинши раундына таяр ҳәм қарсы тәрептиң жуўабын күтпекте.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары