Мәмлекетлик грантлар таңлаўының жеңимпазлары жәрияланды

137

Усы жыл 9-июль күни Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша парламент комиссиясының гезектеги мәжилисинде аймақларда социаллық әҳмийетке ийе машқалаларды сапластырыў мақсетинде жәрияланған мәмлекетлик грант таңлаўының жеңимпазларын анықлаў ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпалар ушын пуқаралық жәмийети институтлары арасында таңлаў өткериў мәселелери көрип шығылды.

Бул ҳаққында senat.uz. жазбақта.

Хабарда жазылыўынша, Парламент комиссиясы ағзалары ҳәм Жәмийетлик фонд ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар быйылғы жылы республиканың барлық аймақларында социаллық әҳмийетке ийе машқалаларды үйренди. Бул машқалаларды шешиўге қаратылған мәмлекетлик грант таңлаўы жәрияланғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталық ҳәм санитариялық-гигиеналық жағдайды жақсылаў, билимлендириў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, коррупцияға қарсы гүресиў сыяқлы бағдарларды қамтып алған грант таңлаўына пуқаралық жәмийети институтларынан ngo.gov.uz платформасы арқалы 850 жойбар усыныс етилген.

Таллаўлар көрсеткениндей, олардың 66 проценти мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, 29 проценти мәкан пуқаралар жыйыны, 4 проценти болса ғалаба хабар қуралларының үлесине туўра келеди. Жумысшы топардың баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, Парламент комиссиясы тәрепинен 28 таңлаўдың 166 бағдары бойынша 172 жойбар жеңимпаз деп табылды.

Сондай-ақ, мәжилисте бир қатар мәмлекетлик шөлкемлерден келип түскен социаллық буйыртпалар бойынша пуқаралық жәмийети институтлары арасында таңлаў өткериў мәселеси де көрип шығылды. Атап айтқанда, социаллық қорғаў, медицина, билимлендириў, мәдений мийрас, халықты қорғаў, коррупцияға қарсы гүресиў, жәмийетлик қадағалаў сыяқлы тараўларда мәмлекетлик социаллық буйыртпалар келип түскен.

Пуқаралық жәмийети институтларының усы буйыртпалардың орынланыўына қаратылған жойбарларын әмелге асырыў ушын 24 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

Буннан тысқары, бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мүрәжатлары, әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўы ҳәм нәтийжелилиги де көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги