Бахтиёр Саидов Грузия Президенти менен ушырасты

Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Грузия Президенти Михаил Кавелашвили менен ушырасты.
Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң хабарына бола, өзбек дипломатиясы басшысы Президент Шавкат Мирзиёевтиң кәсиплесине қызғын сәлемин жеткерип, еки мәмлекет арасында қәлиплескен өз-ара түсинисиў ҳәм исеним қатнасықлары жоқары дәрежеде екенин атап өтти.

– Грузияның үлкен бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыўға умтылысын қәдирлеймиз, – деди мәмлекетимиз ўәкили.
Тәреплер шериклигимиз әсиресе сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарларда избе-из раўажланып атырғанын тастыйықлады.
Сыртқы сиясат уйымларының бирге ислесиўине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Грузия халықларының абаданлығы жолында әмелий нәтийжеге ерисиў ушын барлық ресурслар жедел жумсалып атырғаны атап өтилди.
ӨзА