Озодбек Назарбеков Қытайда өзбекстанлы жаслар менен ушырасты

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков Қытайда болып өтип атырған Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер мәденият министрлериниң 22-мәжилисинде қатнаспақта.
Мәденият министри Қытайда жасап, билим алып атырған, түрли тараўларда мийнет етип, жумыс алып барып атырған, исбилерменлик пенен шуғылланып атырған 100 ге шамалас өзбекстанлы жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда, сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Абдулазиз Мўминов ҳәм Өзбекстан Республикасының Қытайдағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Фарҳод Арзиевлер қатнасты.

Министр О.Назарбеков пенен ушырасыў даўамында Қытай жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған жаслар тәрепинен мәмлекетимиздиң мәденияты ҳәм үрп-әдетлери, сондай-ақ, миллий дәстүрлеримиз, гастрономиялық потенциалымыз ҳәм тарийхымызды қытайлы жергиликли халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў усынысы билдирилди.

Илаж соңында ўатанласларымыз ушын концерт бағдарламасы қойып берилди.
ӨзА