Өзбекстан елшиси Эрдоғанға исеним жарлықларын тапсырды

116

Өзбекстанның жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанға исеним жарлықларын тапсырды. Ол июнь айында Анқара қаласына жетип барған еди.

56 жасар Ҳайдаров 2024-жылдыӊ июль айынан берли Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары лаўазымында ислеп киятырған еди.

Ол Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети), Россия сыртқы саўда академиясын, Мемфис қаласындағы (АҚШ) Халықаралық пахта мектебин тамамлаған.

Өзбекстан Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги системасында (ҳәзирги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги) ҳәм сырт ел ўәкилханаларында саўда-экономикалық кеңесгөй, Украинадағы елши (2006-2009-жыллар) лаўазымларында ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги