ЕА 15 мәмлекетке қорғаныў қәрежетин арттырыўға руқсат береди

Европа Аўқамы қаржы министрлери 15 мәмлекетке бюджет қағыйдасынан шетлеп, қорғаныў қәрежетин жергиликли жалпы ишки өнимниң 3 процентинен 4,5 процентине шекем арттырыўға рухсат берди, деп хабар берди Латвияның “LETA” агентлиги.
– Европа Аўқамы қаржы министрлери Бельгия, Болгария, Чехия, Дания, Греция, Хорватия, Эстония, Латвия, Литва, Польша, Португалия, Словакия, Словения, Финляндия ҳәм Венгрияға бюджет интизамы қағыйдасынан шетке шығыўға руқсат бериўши қарар қабыл етти.
Атап өтилиўинше, Германия да усындай руқсат сораған, бирақ ала алмаған. Европа комиссиясына узақ мүддетли бюджет режесин усынғаннан кейин ғана «бул мәмлекеттиң арзасы баҳаланады».
24-25-июнь күнлери НАТОның Гаагада болып өткен саммитинде ағза мәмлекетлер 2035-жылға келип қорғаныў бюджетин ЖИӨниң ҳәзирги 2 процент дәрежесинен 5 процентке шекем арттырыў бойынша шәртли миннетлеме алған.
С.Раҳимов, ӨзА