Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар белгиленди

467

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-июль күни жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, инфраструктурасын жақсылаў ҳәм тығылысты азайтыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Аймақларда бул бойынша белгили бир жумыслар алып барылмақта. Соңғы жыллары жол қурылысына ҳәм оңлаўға  61 триллион сум ажыратылған. Бул- 2017-жылға шекем берилген қаржылардан 3,5 есеге көп.

Онлайн мүрәжат системасы иске қосылып, жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшелерине келиўшилер саны 50 процентке азайды. Тараўдағы 3 мың 365 хызметкер электрон планшет ҳәм бодикамера менен тәмийинленди. Қағыйдабузарлықларды жасалма интеллект тийкарында сайлап алыў ҳәм қарар шығарыў әмелияты енгизилди. Қалаларда жәмийетлик транспорт ушын арнаўлы жоллар ажыратылды.

Өткен айда да айдаўшыларға бир қатар жеңилликлер берилди. Соның ишинде биринши рет ҳуқықбузарлық ислегенлерди жазалаў емес, ескертиў жолға қойылды.

Жол сызықларын басыў жағдайларын камера арқалы белгилеў бийкар етилди.

Жәмийетлик транспорт ушын мөлшерленген қатарларда кеште басқа айдаўшыларға да жүриўге рухсат берилди. Қалаларда жолларды күндиз оңлаў қадаған етилди. Радар бар жерде жол белгисин орнатыў мәжбүрий болды.

Бирақ тараўда еле әҳмийетли мәселелер көп. Биринши гезекте жол-транспорт ҳәдийселери. Өткен жылы 9 мың 364 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Олардан дерлик 9 мың пуқара жарақат алған. Ең ашынарлысы, 2 мың 203 адам қайтыс болған.

– Ҳәр төртинши аварияда бир адам яки күнине орташа алты адам қайтыс болып атырғаны ҳәммени қатты тәшўишке салыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги, бәринен бурын, жоллардың жағдайы ҳәм қолайлылығына байланыслы. Көплеген районларда жол инфраструктурасы жақсыланып, автоавариялар итималы азайған. Бирақ 20 аймақта жол-транспорт ҳәдийселериниң саны жоқарылығынша қалмақта. Улыўма, елимизде бундай ҳәдийселер ақыбетиндеги зыян жалпы ишки өнимге салыстырғанда орташа 0,4 процентти қурамақта.

Сол себепли мәжилисте “Қәўипсиз жол” миллий бағдарламасы басланатуғыны мәлим етилди. Буның ушын “Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда” республикалық қорының жумысы қайта шөлкемлестирилип, ҳүкимет бойсыныўына өткериледи. Быйыл оған барлық дәреклер есабынан 400 миллиард сум түсиўи есап-санақ етилген. Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаятта қордың өз алдына есап бети болады. Ишки ислер системасындағы жол белгилери ҳәм светофор орнатыў, жол сызықларын сызыўға жуўапкер кәрханалар да ўәлаят қарамағына өткериледи.

Қордың жумысы ашық-айдын болады, оның қурамына ўәлаят ЖҲҚБ ҳәм жол басқармасы баслықлары, жәмийетшилик ўәкиллери киреди. Қордың қаржылары, биринши гезекте, авария ошақлары болған қәўипли орынларды тәртипке салыўға бағдарланады. Бул жумыслар ҳәзирги күнде қәўипли болып қалып атырған 175 километр узынлықтағы 23 магистрал жол участкасынан басланады.

Барлық районларда жол инфраструктурасын раўажландырыў бойынша өз алдына қорлар да шөлкемлестирилген. Енди жоллардың жағдайы бойынша халықтың пикирин үйренетуғын электрон портал иске қосылады. Адамлар ол арқалы қай жерге белги, пиядалар жолы ҳәм светофор керек екенлиги ҳаққында даўыс бериўи мүмкин болады. Жуўмағында порталға усыныслар бойынша әмелге асырылған жумыслардың видео ҳәм фотолары да қойылады, оны халық баҳалайды. Жаңа имканиятлардан пайдаланып, жолларда ҳәрекетти жақсылап, аўыр апатшылықларды кескин азайтыў ўазыйпасы белгиленди.

Және бир машқала – ҳәзирги ўақытта автомобиль жолларында 1 мың 200 ден аслам қайрылып алыў орны болса, соннан тек 146 сында жер асты ҳәм жер үстинен қайырылып алыў мүмкин. 10 мыңнан аслам пияда өтиў орынларынан тек 154 инде усындай қолайлық бар.

Сол себепли Транспорт министрлигине Жәҳән банкиниң қатнасыўында Ташкент – Самарқанд – Термиз, Ташкент – ойпат ҳәм Самарқанд – Бухара жөнелисиндеги халықаралық жоллардың қәўипсизлик талапларына муўапықлығын диагностикалаў тапсырылды. Усы таллаўлар тийкарында, жолларда қайрылып алыў ҳәм пиядалар өтиўин қәўипсиз етиў, белгилер ҳәм сызықларды қолайластырыў жойбарлары ислеп шығылады.

Елимизде қалалараралық жәмийетлик транспорт системалы жолға қойылмаған. Автобуслар кесте ўақты бойынша емес, ал 40-50 жолаўшы толғанда жүриўге үйренген. Сонлықтан мәжилисте орта ҳәм узақ аралыққа қатнайтуғын жәмийетлик транспортты раўажландырыў илажлары белгиленди. Онда Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлараралық қатнаў бойынша өз алдына қатнас қолланылады.

Бириншиден, пайтахт жәмийетлик транспорты бирден-бир агломерация системасына өтип, Ташкент ўәлаятының барлық тутас аймақларын қамтып алады. Оның ушын ҳәзирги ўақытта пайтахт шетине шекем келетуғын 20 автобус жөнелиси 15-20 километрге созылады, және жаңа 6 жөнелис қосылады. Сентябрьге шекем пайтахтқа 200, кейинги жылы және мың автобус алып келинеди. Нәтийжеде Ташкент қаласына 25 мың жеңил автомашина қатнаўы азайыўы күтилмекте.

Екиншиден, қалалар ҳәм ўәлаятлараралық жәмийетлик транспорт қатнаўлары жақсыланады. Бул жөнелистеги автобус ҳәм микроавтобуслар ушын жолаўшы басына субсидия бериледи. Автобуслар ушын утилизация жыйымынан жеңиллик және үш жылға создырылады ҳәм бул микроавтобусларға да енгизиледи. Туристлик автобус ҳәм микроавтобуслар ушын бажыхана бажысынан жеңиллик үш жыл даўамында жәмийетлик транспорт ушын да қолланылады.

Бизге белгили, тығылыстың себеплеринен бири – автомобиль тоқтаў орынларының жетиспеўшилиги. Ақыбетинде Ташкентте де, басқа  ири қалаларда да айдаўшылар машинасын жол бойына қойыўға мәжбүр. Айырым министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер имараты жайласқан көшелер жаўып қойылған.

Жуўапкерлерге бундай жағдайларға шек қойып, барлық шөлкем ҳәм мәҳәлле көшелериндеги тийкарсыз қойылған қадаған етиўши белгилерди алып таслаўға көрсетпе берилди.

Транспорт министрлигине айдаўшылар менен сөйлесиў, олардың машқалаларын үйрениў бойынша электрон платформа жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Жолларда айдаўшылық мәдениятын арттырыў да оғада әҳмийетли мәселе. Өткен жылы дерлик 20 миллион ири қағыйдабузарлық исленген. Айырым айдаўшыларда бул созылмалы түрге енген.

Енди бундай қатаң ҳуқықбузарларға нызам күшин көрсетиў мақсетинде “Созылмалы қағыйдабузыўшылар” бағдарламасы иске қосылады. Қарама-қарсы тәрепке ҳәрекетлениў, қызыл шырақта өтиў яки тезликти асырыў сыяқлы қағыйдабузарлықларды қайтадан ислегени ушын бир жылға шекем жәриймадан шегирме берилмейди. Бундай ҳуқықбузарлықлар бир ай ишинде 10 нан көп болса, алты айға шекем айдаўшылық гүўалығынан айырылады. Нормадан 2-3 есе тез жүргенлер айдаўшылық ҳуқықынан айырыўға шекем жазаланыўы мүмкин.

Айырым жағдайларда қағыйдабузарлық ушын арадан бир неше ай өтип жәрийма қолланыў қарары шығарылып атырғаны түсинбеўшилик ҳәм наразылықларға себеп болмақта. Енди қағыйдабузарлық жүз берген күннен баслап бир ай ишинде қарар шықпаса, айдаўшы ҳеш қандай жәрийма төлемейтуғыны белгиленди.

Ҳәзирги күнде қәўипсизлиги күшли, заманагөй машиналар күн сайын көбейип бармақта. Аймақлар арасындағы көплеген жоллар жоқары тезликте ҳәрекетлениў талапларына биймәлел жуўап береди. Сол себепли тезлик шеклеўлерин қайта көрип шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Айдаўшыларды таярлаў бойынша жаңа система нәтийже бере баслады. Бирақ пиядалар, әсиресе, жаслардың бул бағдардағы билим ҳәм тәртибин арттырыў зәрүр. Усы мақсетте мектеп ҳәм бақшаларда ҳәрекет қәўипсизлиги бойынша бағдарламалар жаңаланады. “Жасыл шырақ” жарыслары қайта тикленип, республикалық жеңимпазларға Президент саўғасы бериледи. Жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша видео ҳәм анимациялық контентлер жаратылады.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

 ӨзА