Түнги ўақытта шаўқым шығарғаны ушын қандай жуўапкершилик бар?

142

Ҳуқықый қатнас

Өзбекстанда түнги ўақытта шаўқым шығарғаны, пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормал дем алыўын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленген.

Хош, бул бойынша жуўапкершилик қайсы жағдайларда әмелге асырылады?

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети оқытыўшысы Жалолиддин Қўчқоров бул ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:

– Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 192-статьясына бола, түнги ўақытта, соның ишинде, саат 23:00 ден 06:00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алысын бузыў, яғный бәлент даўыс пенен қосық айтыў, музыка шертиў, даўыслы сигналлар бериў, шаңарақларда, турақ жайлардың дәлизлери ҳәм есиклеринде, көшелерде даўысы бәлент қойылған телевизорлар, радиоприемниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығарыўшы басқа да аппаратлардан пайдаланыў, турақ жай имаратларында ҳәм олардан сыртта жүдә зәрүр болмаған жағдайда шаўқым шығаратуғын жумыслар ислеў, сондай-ақ, турмыслық шаўқымға қарсы гүресиў талапларын бузатуғын басқа да ҳәрекетлерди ислеў мүмкин емес.

Бул жағдайда пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги, лаўазымлы шахсларға болса – үштен бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, оларға базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлеги муғдарында, лаўазымлы шахсларға болса – екиден бир бөлегинен бир есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги