Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң рәсмий билдириўи

Ғалаба хабар қуралларында тарқатылған БМШ Инсан ҳуқықлары кеңесиниң Өзбасымшалық пенен қамаққа алыўлар бойынша жумысшы топары тәрепинен Г.Кәримованың жынайый жуўапкершиликке тартылыўы бойынша қабыл етилген 17/2025-санлы пикирине жуўап ретинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети төмендегилерди мәлим етиўди зәрүр деп тапты:
- Ҳүкимет Жумысшы топардың пикири Дерек тәрепинен берилген бир тәреплеме субъектив мағлыўматлар тийкарында қәлиплестирилгенлиги, Өзбекстан Ҳүкиметиниң бул бойынша рәсмий жуўабы берилгенлиги, бирақ ол рәсмий процессуал мүддетлер себепли итибарға алынбағанлығынан қәўетерлениў билдиреди. Бундай қатнас БМШ уйымлары әмел етиўи зәрүр болған қалыслық ҳәм бийғәрезлик принциплерине зыян келтиреди.
Өзбекстан өз-ара ҳүрмет, халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиў ҳәм еки тәреплеме стандартларға жол қоймаў принциплерине тийкарланған қарым-қатнас ҳәм халықаралық бирге ислесиў ушын бәрқулла ашық.
- Г.Кәримоваға қарсы барлық жынайый ислер жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылық нормаларына қатаң әмел еткен ҳалда, сондай-ақ, мәмлекеттиң халықаралық миннетлемелерин, соның ишинде, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт қағыйдаларын есапқа алған ҳалда қозғатылған ҳәм көрип шығылған.
- Қорғаўға болған ҳуқық ҳәм әдил судлаў ҳуқықы жынаят процесиниң барлық басқышларында тәмийинленген. Г.Кәримова ғәрезсиз түрде таңланған ямаса белгиленген тәртипте тайынланған қорғаўшыларға мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған. Жынаят исине байланыслы материаллар менен танысыў, қарарлар үстинен шағым етиў ҳәм қорғаўшы менен сөйлесиўдиң сырлылығы принципине әмел етилген.
- Г.Кәримова иси бойынша суд қарарлары ўәкилликли судлар тәрепинен аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар, соның ишинде, салықларды төлеўден бас тартыў, жынайый дәраматларды легалластырыў, мәмлекетлик мүлкти нызамсыз өзлестириў, алдаўшылық ҳәм мәмлекетке жүдә үлкен муғдарда зыян жеткерген басқа жынаятлар исленгенин тастыйықлаўшы жетерли дәлиллер тийкарында шығарылған.
Г.Кәримованың 2014-жылы өзбасымшалық пенен қамаққа алынғаны, узақ мүддет үй қамағында сақланғаны, “асханадағы суд” ҳәм басқа да усы сыяқлы даўалар тийкарсыз. Барлық процессуал ҳәрекетлер ҳәм суд додалаўлары процессуал нызамшылық нормалары ҳәм талапларына толық муўапық ҳалда өткерилген. Ҳәзирги ўақытта судланыўшы суд қарарлары үстинен нызамда белгиленген тәртипте шағым етиў ҳуқықына ийе.
- Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети усы ис бойынша сиясий себеплер бар екенлиги ҳаққындағы даўаларды қатаң түрде бийкарлайды. Ҳуқықты қорғаў ҳәм суд уйымларының барлық ҳәрекетлери тек ғана судланыўшының жынайый ҳәрекетлерди ислеўдеги айыбын толық тастыйықлайтуғын ҳуқықый ҳәм дәлилли тәреплерге тийкарланған болып, оның нызамлы экономикалық жумысы ҳәм/ямаса сиясий статусы ямаса көзқарасларына тиймейди.
- Усы көзқарастан, 2022-жылы Швейцария Конфедерациясы менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети арасындағы Келисим шеңберинде Г.Кәримова алдын жынайый жол менен арттырған ҳәм қайтарылған финанслық қаржылардан Өзбекстан Ҳүкиметиниң реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаў ҳәм БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын пайдаланыў мақсетинде «Vision 2030» қоры шөлкемлестирилгенин атап өтемиз. Қор басқарыўы БМШтың Көп тәреплеме шериклик траст фонды арқалы әмелге асырылмақта.
Өзбекстан инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелерин ҳүжданлы түрде орынлап келмекте ҳәм БМШ механизмлери, соның ишинде, арнаўлы тәртип-қағыйдалары менен конструктивлик қарым-қатнасты қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлайды.
- Ҳүкимет халықаралық структураларда өз абырайын қорғаў, сондай-ақ, исенимли мәлимлемени мәпдар тәреплердиң кең шеңберине түсиндириў бойынша кейинги қәдемлерди қойыў ҳуқықын өзинде сақлап қалады.
ӨзА,
Ташкент, 2025-жыл 9-июль.