“Жасыл шырақ” жарыслары қайта тикленип, республикалық жеңимпазларға Президент саўғасы бериледи

Президенттиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Айдаўшыларды таярлаў бойынша жаңа система нәтийже бере баслағаны атап өтилди. Жыл басынан стажы аз айдаўшылардың қағыйдабузарлығы 15 процентке, аўыр авариялар 30 процентке азайды.
Бирақ пиядалар, әсиресе, жаслардың мәденияты ҳәм жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққындағы билимлерин арттырыў – әҳмийетли мәселе.
Жуўапкер министрликлерге жаңа оқыў жылына шекем мектеп ҳәм бақшаларда ҳәрекет қәўипсизлиги бойынша бағдарламаларды түп-тийкарынан жаңалаў тапсырылды.
Мектеп оқыўшылары ҳәм мәҳәлледеги жаслар арасында “Жасыл шырақ” жарыслары қайта тикленип, республикалық жеңимпазларға Президент саўғасы бериледи.
Жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша әпиўайы видео ҳәм анимациялық контентлер жаратылады. Мәҳәлледе, түрли илажларда жол қағыйдаларына әмел етиў бойынша түсиндириў жумыслары жолға қойылады.
Мәжилисте аймақлар, тараў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА