Енди орта ҳәм узақ аралыққа қатнайтуғын жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша жаңа система енгизилетуғыны айтылды
222

Президенттиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәмлекетимизде жәмийетлик транспорт системасы халықты разы ететуғын дәрежеде жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.
Қалалараралық автобуслар график бойынша емес, ал жолаўшылары 40-50 адам болып толғанда жүриўге үйренген. Себеби исбилерменлерге қалалараралық жәмийетлик транспортта зыянды компенсациялаў механизми жолға қойылмаған. Субсидия тек ғана қала әтирапындағы автобуслар ушын бар.
Президент енди орта ҳәм узақ аралыққа қатнайтуғын жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша жаңа система енгизилетуғынын айтты.
Оның ушын Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлараралық қатнаў бойынша өз алдына қатнас болады.