Ишки жолларды тәртипке салыў ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери жуўапкер болады

196

Президенттиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ең машқалалы участкаларды халық ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў тийкарында анықлаў мақсетинде өз алдына электрон порталды иске қосыў тапсырылды.

Район ҳәкимлери, ишки ислер басшылары бул порталға қай жерге белги, сызық, пиядалар жолы ҳәм светофор керек екенлиги ҳаққындағы мағлыўматты смета менен ашық жайластырады.

Халық та бул дизимди толықтырыўы, жойбарларға даўыс бериўи мүмкин болады. Порталға исленген жумыслардың видео ҳәм фотосүўретлери қойылады, буны халық баҳалайды.

Қордың қаржысын қәлиплестириўде барлық ўәлаят ҳәм районлардың имканияты бирдей емес екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, қорға қаржыларды жойбарларды қаржыландырыў ушын ўәлаят ҳәм районларға бөлистириў ўәкиллиги бериледи.

Ишки жолларды тәртипке салыў ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери жуўапкер болады.