“Қәўипсиз жол” миллий бағдарламасы шеңберинде “Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда” республикалық қорының жумысы қайта шөлкемлестириледи

Президенттиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
“Қәўипсиз жол” миллий бағдарламасы шеңберинде “Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда” республикалық қорының жумысы қайта шөлкемлестирилип, Ҳүкимет бойсыныўына өткериледи.
Ҳәр бир ўәлаятта қордың өз алдына филиаллары болады.
Быйыл қорға барлық дереклер есабынан 400 миллиард сум түсиўи прогноз етилген.
Буған қосымша, фото-видео радардан бюджетке түсетуғын жәрийманың 25 проценти де қор ҳәм оның филиалларына бағдарланады.
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасындағы жол белгилери ҳәм светофор орнатыў, жол сызықларын сызыўға жуўапкер кәрханалар да ўәлаятқа өткериледи.
Қордың жумысы ашық-айдын болады, оған ўәлаят ЖҲҚБ ҳәм жол басқармасы баслықлары, жәмийетшилик ўәкиллери киреди.
Буннан былай бул қор қаржылары биринши гезекте авария ошақлары болған қәўипли участкаларды тәртипке салыўға бағдарланады (жолды ажыратыўшы тосықлар, жол белгилери, жақтыландырғышлар орнатыў, пиядалар жолларын шөлкемлестириў, кесилиспелерди санластырыў).