Өткен жылы авариялар себепли 2 мың 203 адам қайтыс болған

137

Президенттиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы тараўда өз шешимин күтип атырған мәселелер көп екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимизде жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетиндеги зыян жалпы ишки өнимге салыстырғанда орташа 0,4 процентти қурап атырғаны көрсетип өтилди.

Өткен жылы 9 мың 364 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Бул аянышлы ҳәдийселерде дерлик 9 мың пуқара жарақат алған.

Ең ашынарлысы, авариялар себепли 2 мың 203 адам қайтыс болған. Ең көп өлим жағдайлары Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында.