11-июльден Өзбекстанда IELTS имтиханын қағазда тапсырыў бийкар етиледи

164

IDP (Edu-Action Centre) мағлыўматына бола, 11-июльден баслап IELTS имтиханын тек ғана компьютерде тапсырыў мүмкин болады.

Бул қарар қағаздағы тест жуўапларының интернетке шығып кеткенинен соң, операциялық себеплерге бола қабыл етилген.

Қағазда тапсырыў ушын дизимнен өткен абитуриентлер имтиханды компьютерде бийпул тапсырыўы яки төлемди толық қайтарып алыўы мүмкин.

Бул өзгерис тек ғана Өзбекстан аймағында әмелге асырылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги