Өзбекстан БРИКСтиң бирге ислесиўшиси болды

119

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен БРИКСтиң 17-саммитине қатнасты.

Бул абырайлы форумға 38 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң делегациялары қатнасты.

Саммит шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм оны қаржыландырыў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде бирге ислесиўди беккемлеў, жасалма интеллектти раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын интеграциялаў сыяқлы мәселелер додаланды.

Өзбекстан делегациясы әнжуман қатнасыўшыларына мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, экономиканы модернизациялаў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, кәмбағаллықты қысқартыў, санлы трансформация ҳәм “жасыл” экономиканы раўажландырыў ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Саммит жуўмағында декларация қабыл етилип, оған бола Өзбекстан БРИКСтиң бирге ислесиўшисине айланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, БРИКС мәмлекетлераралық ассоциация болып, Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка, БАӘ, Саудия Арабстаны, Иран, Египет ҳәм Эфиопия мәмлекетлерин бирлестирген аўқам есапланады.

Н.Абдураимова, ӨзА