Президент 2025-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына байланыслы қарарға қол қойды

“2028-жылы Лос-Анджелес қаласында (АҚШ) болып өтетуғын XXXIV жазғы Олимпиада ҳәм XVIII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Төмендегилер Өзбекстан спортшыларын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлаўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленди, соның ишинде:
– спорттың тийкарғы категориядағы бокс, дзюдо, таэквондо, еркин гүрес, аўыр атлетика түрлери бойынша медальлар санын арттырыў;
– спорттың раўажланып атырған категориядағы триатлон, волейбол, стол тенниси, баскетбол, заманагөй бес гүрес сыяқлы 21 түри бойынша лицензияларды қолға киргизиў;
– халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў.
Сондай-ақ, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында ерисилген нәтийжелерден келип шығып, спорт түрлери тийкарғы, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категорияларға ажыратылады.
Тийкарғы, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категориялардағы спорт түрлериниң дизими ҳәр 4 жылда Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары өткерилген календарь жылдың ақырына шекем қайта көрип шығылады ҳәм тастыйықланады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги