Күн ыссы. Оннан қалай сақланыў керек?

237

Ыссыда көпшилик адамлардың мийнет етиў қәбилети төменлейди, уйқысы бузылады, аўҳалы жаманласады. Не ушын?

“Ишки температураны төменлетиў ушын, организм тер ажыралыўын күшейтеди, бул болса көплеген жағымсыз жағдайларға себеп болады, – дейди профилактика бойынша қәниге, профессор Роза Саллагова. Тер менен бирге организмнен дуз (кальий ҳәм натрий) шығып кетеди, бул булшық етлердиң азықланыўын бузады (соның ушин ыссыда адам қозғалғысы келмейди). Суўсызланыўдың сөзсизлиги себепли қан қойыўланады, тромблар пайда болыў итималы артады (нәтийжеде инфаркт ҳәм инсульт қәўпи пайда болады). Қан қойыўланыўы себепли барлық ағзалар, соның ишинде, жүрек ҳәм бас мийдиң қан менен тәмийинлениўи төменлейди. Бул болса жүрек тартыўлары, бас айланыўы ҳәм бас аўырыўларын келтирип шығарады.”

Жоғалған суйықлықтың орнын толтырыў ушын биз көп суў ишемиз. Организмде айланып атырған суў көлеми көбейип, жүрек ҳәм бүйрек жумысын және де қыйынластырады.

Ыссы ҳаўаға сай кийиниң

Жабысып турыўшы синтетикалық кийимлерди умытың. Тек тәбийий гезлемелерден тигилген еркин кийимлерди таңлаң: зығыр, пахта, жипек. Ҳәтте, сизге қара реңли кийимлер жарасса да, ыссы жазда оларды кийместен турың. Қара рең қуяш нурын өзине тартады, бул болса денени қыздырып жибереди.

Қыдырыў ўақтын өзгертиң

Азанда (имканияты барынша ерте) ҳәм түнде (күн батқаннан кейин) сейил етиң. Ыссы ўақытта бөлмеден шықпаўға ҳәрекет етиң. Айнасы қублаға қарағанлар буған кирмейди. Бундай үйлерде күндиз қалып болмайды (кандёр ҳәм самаллатыўдың имканы болмаса). Әйне қызған ўақытта сая-салқын жерлерде болыў мақсетке муўапық.

Жоғалған суйықлықтың орнын толтырыў ушын биз көп суў ишемиз. Организмде айланып атырған суў көлеми көбейип, жүрек ҳәм бүйрек жумысын және де қыйынластырады.

Ыссы ҳаўа қан тамырларына да тәсир көрсетеди. Сол себепли вегетатив кризлар ҳәтте жасларда ҳәм денсаўлығы жақсы  адамларда да бақланыўы мүмкин. Ыссы ҳаўа райы қанша узақ даўам етсе, организмге сонша қыйын болады. Сол себепли ҳәдден тыс ыссы көбинесе созылмалы кеселликлердиң күшейиўине алып келеди.

Атап айтқанда, аязлаўға байланыслы кеселликлер жәзийрама жазда да суўық қыстағыдан аз бақланбайды. Кондиционер, самал, салқын душ, музлатқыштағы газленген ишимликлер организмниң суўып кетиўине себеп болады. Нәтийжеде созылмалы инфекция ошақлары активлеседи, микроблар көбейеди ҳәм исиниў процеслери басланады.

Ыссы ҳаўада жағдайды қалай жақсылаў мүмкин?

Көбирек дем алың. “Биринши гезекте – ыссыда бул усынысқа әмел етиў аңсат болмаса да, тойып уйқылаўға ҳәрекет етиң, – дейди шыпакер-эндокринолог, нутриционер, диетолог Алексей Калинчев. – Ыссы ҳаўада толық уйқылап болмайды (саламат уйқы ушын ҳаўа температурасы 20 градустан аспаўы зәрүр). Уйқыға тойынбағанда еркеклерде тестостерон дәрежеси ҳәм өсиў гормоны төменлейди.

Екиншиден, өндиристеги рекордларды гүзге қалдырып турғаныныз мақул. Жазда көпшилик дем алысқа шығыўды қәлейтуғыны бийкарға емес. Ыссы ҳаўада ислеў жүдә қыйын.

Спорт пенен шуғылланбағаныңыз мақул. Ыссы ҳаўада адамға спорт жақпайды. Ҳеш қашан өзиңизди зорламаң. Болмаса шынығыў кардиореанимация менен жуўмақланыўы ҳеш гәп емес.”

Салқынлатыўшы өнимлерди қабыл етиң

Ыссы ҳаўа себепли организм дерлик барлық энергияны денени керекли температура менен тәмийинлеўге сарплайды. Асқазан-ишек жолының қан менен тәмийинлениўи кемейеди, бул иштейдиң төменлеўине алып келеди. Өзиңизди зорламаң.  Аўқат муғдарын азайтың, жеңил, майсыз аўқатларды жең. “Қыздырыўшы” ашшы аўқатлардан нәпсиңизди тыйың – олардың орнына мийўе-овошлардан көбирек пайдаланың.

Дузлы аўқатлардан бас тартың. Олар қан басымын асырады: бул жағдайды және де төменлетеди.

Тез-тез суйықлық ишиң. Негизинде ҳәр қандай салқын ишимлик бола береди, газленбеген суў болса, және де жақсы. Үйден сыртқа суўсыз шықпаған мақул – дене суўсызланыўына алып келиўи мүмкин.

Газленген мазалы суў, қадақланған шербет, шийшедеги кваслар шөлди қандырмайды, керисинше, күшейтеди. Бундай ишимликлер қурамында қант көплигинен қанды және де қойыўластырады.

Ыссыда спиртли ишимлик ишиўден жаманы жоқ. Алкогол организмнен суйықлықты шығарып жибереди ҳәм суўсызланыўды күшейтеди.

Қурамында кофеин болған ишимликлер де жақсы емес (оларға тек кофе емес, ал чай да киреди). Олар сидик айдаўшы қәсийетке ийе болып, ыссы ҳаўада жүдә зәрүр болған суйықлықты организмнен шығарып жибереди.

Интернет материаллары тийкарында таярланды

Қарақалпақстан хабар агентлиги