2026-жылдан QR-кодсыз туқымлар импорты қадаған етиледи

143

Аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаў системасы түп-тийкарынан реформаланады. Бул бойынша Президенттиң ПП-109-санлы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаўда санлы QR кодлы жарлықлаў, сондай-ақ, туқымлықларды жетистириў ҳәм реализациялаў менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң реестрин жүргизиўге тийкарланған жаңа система енгизиледи.

“Аўыл хожалығы өнимлериниң сапасын баҳалаў орайы” мәмлекетлик мәкемеси аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаўшы бирден-бир ўәкилликли шөлкем сыпатында белгиленди.

2026-жыл 1-январьдан Бажыхана комитети тәрепинен санлы QR-код пенен белгиленбеген ҳәм егиўге қолайлығы бойынша унамлы жуўмағы алынбаған импорт етилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын “еркин айланысқа шығарыў” бажыхана режимине рәсмийлестириў қадаған етиледи.

2026-жылдан QR-кодлы белгиленбеген ҳәм егиўге қолайлығы бойынша унамлы жуўмағы алынбаған аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын сатқан исбилерменлерге БЕМниң 150 есесине шекем ҳәкимшилик жәрийма қолланылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги