Британия жасалма интеллектти әскерий тараўға да енгизбекши

135

Уллы Британия технология министри Питер Кайл мәмлекеттиң жасалма интеллект (ЖИ) тараўындағы жетекши изертлеў мәкемеси – Алан Тюринг институты (АТИ) нан қорғаныў ҳәм әскерий технология бағдарындағы жумысларға айрықша итибар қаратыўды сорады. Бул ҳаққында “Guardian”газетасы жазған.

– Раўажланыўға қарай, қорғаныў ҳәм миллий қәўипсизлик жойбарлары АТИ жумысының өзегине айланыўы керек ҳәм соған сәйкес түрде қәўипсизлик, қорғаныў ҳәм разведка хызмети менен бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр, – деп жазған басылым Кайлдиң институтқа жоллаған хатынан үзинди келтирип.

Хызметкердиң атап өтиўинше, буның ушын институтта структуралық реформа өткерилиўи, басшылардың өзгериўи керек. Буннан кейин қорғаныў, миллий қәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект тараўындағы суверенитетти биринши орынға қойыў талап етиледи.

Ҳүкиметтен номинал ғәрезсиз есапланған бул компанияға Амазонның Уллы Британиядағы бөлиминиң бурынғы басшысы Даг Гурр басшылық етеди. Мәмлекет тәрепинен қаржыландырылып атырған институтта әлле қашан қайта қурыў процеси басланған ҳәм бир қатар хызметкерлер жумыстан босатылған. 2024-жылдың ақырында өткерилген сораў соны көрсетеди, ҳәр бесинши хызметкер реформа АТИдиң исенимине зыян келтириўи мүмкин, деп есаплайды.

С.Раҳимов, ӨзА