Келешекте Газа секторына бирлескен араб күшлери киргизилиўи мүмкин

150

Бирлескен араб күшлери келешекте Палестина қәўипсизлик ҳәм разведка күшлерин таярлаў ушын Газа секторына киргизилиўи мүмкин, деп хабар тарқатты Египеттиң “Al Masry Al Youm” газетасы дәреклерге сүйенип.

Алдын Палестинаның ХАМАС ҳәрекети Газа секторында оқ атыўды тоқтатыў усынысына унамлы жуўап бергенин ҳәм сөйлесиўлерди баслаўға таяр екенин тастыйықлаған еди.

“Ynet” порталы израильлы ҳәмелдарға сүйенип, ХАМАСтан жуўап алынғаны ҳәм баянат детальлары үйренилип атырғаны ҳаққында мәлим еткен. Газета дәреклерине бола, усыныс етилип атырған келисим 60 күнлик келисимди нәзерде тутады. Усы мүддет ишинде 1200 ге шамалас палестиналы тутқын босатылыўы есабынан Газа секторынан он гиреўге алынған израильлы босатылады, 15 адамның өли денеси тапсырылады.

– Ҳәзирги додалаўда оқ атыўды тоқтатыў режимин бақлаў бойынша халықаралық комитетлердиң ҳәрекет режеси ҳәм тынышлық жәрияланған күннен кейинги күннен араб күшлерине жүкленетуғын ўазыйпалар көрип шығылады, – деген тийисли дәрек. – Сондай-ақ, 60 күнлик тынышлықтың биринши ҳәптесинде турақлы оқ атыўды тоқтатыў ҳәм Израиль әскерлерин Газадан алып шығыў бойынша сөйлесиўлерди баслаў күтилмекте. Усыныста секторға жаңаша көзқарас – аймақты биргеликтеги араб күшлерин киргизиў арқалы тиклеў ҳәм араб мәмлекетлериниң жәрдеминде Палестина ҳәкимшилиги ушын разведка, профилактика ҳәм миллий қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тийкарғы пикирлер билдирилген.

Буннан алдын Египет сыртқы ислер министри Бадр Абдул Атий Каир басқа да дәлдалшылар менен бирге урысты тоқтатыў бойынша жумыс алып барып атырғаны, 60 күн даўамында израильлы тутқынлардың босатылыўы күтилип атырғанын мәлим еткен еди.

Қысқа мүддетли келисимлер жәрдеминде тоқтатып келинген әскерий ҳәрекетлер 56 000 нан аслам палестиналылар ҳәм 1500 ге шамалас израильлылардың өмирине зыян жеткерген. Сондай-ақ, урыс жалыны Ливан ҳәм Яманға да тәсир етти.

С.Раҳимов, ӨзА