Магистратураға қабыллаў бойынша майыплығы болған шахсларға қандай жеңилликлер бар?

224

      Ҳуқықый мүнәсибет

Мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдем көрсетиў, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң сиясий, экономикалық, социаллық турмысында басқалар менен бирге теңдей, толық ҳәм нәтийжели қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў бағдарында да бундай пуқараларымыз итибардан шетте қалмайды.

Хош, оларға бул бойынша қандай жәрдем көрсетиледи? Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегише түсиник берди:

– 2020-жыл 15-октябрьдеги “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында”ғы нызамның 40-статьясына бола майыплығы болған шахслар ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында абитуриентлерди қабыллаў улыўма санының еки проценти муғдарында қосымша қабыллаў квотасы ажыратылады.

Егер майыплығы болған шахслар ушын ажыратылған қосымша квоталар бойынша оқыўға қабыл етилмеген жағдайда, абитуриентлер топлаған баллары менен билимлендириўдиң усы бағдары бойынша таңлаўда улыўма тийкарларда қатнасады.

Майыплығы болған шахслардың магистратура басқышына кириў ушын белгиленген жеңилликлерден және бири бул шет тили сертификатының талап етилмейтуғыны болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 20-октябрьдеги 407-санлы қарарына бола, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура қәнигеликлерине ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине оқыўға қабыллаўда көриў, еситиў ҳәм сөйлеўде нуқсаны болған шахслар тәрепинен шет тилин билиў бойынша миллий яки оған теңлестирилген халықаралық сертификатты усыныў талап етилмейди. Бул жеңиллик 3-топар майыплығы болған шахсларға қолланылмайды.

Магистратураға өз бетинше ҳүжжет тапсырыў бойынша көнликпелер жоқ болса, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етилсе, бул мәселе унамлы шешиледи.

Магистратура басқышына ҳүжжет тапсырыўда түсинбеўшиликлер, нызамға қайшы жағдайлар бақланса, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 1006 қысқа санлы исеним телефонларына қоңыраў етип мүрәжат етиў мүмкин болады.

 

ӨзА