Жас палўанларымыз Азияда өз шеберликлерин көрсетти

Ҳәзирги күнлери Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында 15 жасқа шекемги жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.
Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында 4 спортшымыз қатнасып, олардың арасында жерлесимиз Сабрина Әбдрейимова 46 кг салмақта сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Жеңимпаз қызымызды жарысқа Севара Еримбетова таярлады.
Ал, Айнура Жапақова ҳәм Бахтияр Қосымбетовтың шәкиртлери Жансая Джиенбаева менен Арысланбек Қосымбетовлар болса, қола медалы ушын беллесиўлерде өз қарсыласларына жеңилип қалды.

-Және бир үмитли спортшыларымыздан бири Шахсәнем Исаковаға болса, бул жарыста әўмет күлип бақпады ҳәм ол чемпионаттың екинши басқышында турнирди тәрк етти,-дейди жас өспиримлер бойынша Қарақалпақстан сайланды командасының бас тренери Барзыўбай Қилибаев.-Өзбекстан сайланды командасы бул жарыста улыўма командалық есапта 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Енди бүгиннен баслап жаслар арасында Азия чемпионатына старт бериледи. Бул жарыста да Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы палўанлардың қатнасыўы күтилмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.