Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен телефон арқалы сөйлести.
Өзбекстан – Қатар стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Республикасы Президенти Қатар Әмириниң Жақын Шығыста тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
Соңғы ўақытлары жеделлескен еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм алмасыўлар нәтийжели болып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестиция көрсеткишлери жедел өспекте, санаат кооперациясы ҳәм инфраструктураны модернизациялаў бойынша ири жойбарлар техникалық жақтан таярланбақта ҳәм әмелге асырылмақта.
Усы мәнисте, болажақ жоқары дәрежедеги илажлар, соның ишинде, сыртқы ислер министрлериниң басшылығындағы Муўапықластырыўшы кеңестиң биринши мәжилиси, Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңеси мәжилислери ҳәм бизнес форумы нәтийжели болыўына айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Қатар жетекшилери жоқары дәрежедеги илажлар режесин де көрип шықты.
ӨзА