IQ көрсеткиши ақыллылық белгиси ме? (+видео)

128

Ақылойбул оның исҳәрекетин белгилейтуғын шахстың ақылый принципи. IQ деп аталыўшы ақылой муғдары жасқа қарап инсанның қәбилетлерин муғдарлық баҳалаўды сәўлелендиреди. Бул коэффициентти анықлаў ушын арнаўлы тестлерден пайдаланылады.

IQ инглисше “intelligence quotient” – қарақалпақша “интеллектуаллық коэффициенти” сөзлериниң қысқартпасы болып, инсанның үйрениў, түсиниў, мағлыўматлар менен ислесиў қәбилети ҳәм нәтийжели жолларды қолланыў коеффициентин өлшейди. IQ тестлери баллық системада баҳаланып, дүнья бойынша шама менен 68 процент адамның IQ дәрежеси 85 баллдан 115 баллға шекем деп қаралады. Жүдә аз адамлар 70 тен төмен яки 130 дан жоқары IQға ийе болады.

Биринши рет IQ 1912-жылы белгили болды. Оны психология тараўындағы қәниге Уильям Стерн ойлап тапқан. Сондай-ақ, ол инсанның интеллектуаллық қәбилетлерин анықлаў усылын усынды. Ўақыт өтиўи менен IQ ды анықлаўға қаратылған тестлер белсендиликке ерисе баслады. Олар барған сайын көбейип барды, бирақ биреўлерине ҳеш нәрсе жәрдем бермеди. Соның ушын объектив тест нәтийжеси ҳаққында айтыў мүмкин емес. Бирақ олар пүткил дүньяда ой-пикир дәрежесин сынап көриў ушын қолланылады.

Бүгин IQ дәрежесиниң жоқары болыўы ҳақыйқатында да басқаларға қарағанда ақыллырақ, уқыплырақ екенлиги қаншелли дурыс екенлиги ҳаққында толық мағлыўмат беремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги