Гунай Эфендиева “Өзбекстанның мәденият елшиси” атағы ҳәм медалы менен сыйлықланды

Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлиси депутаты, Мәденият мәселелери комитети баслығының орынбасары Гунай Эфендиева “Өзбекстанның мәденият елшиси” атағы ҳәм медалы менен сыйлықланды.
Ҳүрметли сыйлықты Гунай Эфендиеваға Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков тапсырды.

Министр Озодбек Назарбековтың атап өтиўинше, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып өзбек мәдениятын үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жумыс турақлы түрде қоллап-қуўатланады ҳәм жоқары баҳаланады.

Илажда Гунай Эфендиеваның Өзбекстанның бай тарийхы ҳәм мәдений мийрасын үгит-нәсиятлаў тараўындағы хызметлери айрықша атап өтилди.
Гунай Эфендиева көрсетилген исеним ҳәм жоқары баҳа ушын миннетдаршылық билдирди. Ол бәрқулла мәмлекетлеримиз арасындағы интеграцияны ҳәм мәдений алмасыўды беккемлеўге таяр екенин атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыўда усы жылы Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасында дипломатиялық байланыслар орнатылғанына 30 жыл толыўы мүнәсибети менен бул әҳмийетли сәне айрықша атап өтилди.
Ушырасыў мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиўге байланыслы келешектеги бирге ислесиў перспективаларын додалаў менен даўам етти.
Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы