Трамп БРИКС сиясатын қоллап-қуўатлаған мәмлекетлерге тариф енгизбекши

141

АҚШ Президенти Дональд Трамп социаллық тармақтағы бети арқалы БРИКСтиң “Америкаға қарсы” сиясатын қоллап-қуўатлайтуғын ҳәр қандай мәмлекетке қосымша 10 процентлик саўда тарифиниң енгизилетуғынын атап өтти.

“Бул сиясатта айрықша жағдай болмайды”, деп жазған ол.

Январь айында Америка басшысы БРИКСке ағза мәмлекетлерге қарата “Биз олардың АҚШ пенен алып баратуғын бизнесине кеминде 100 процентлик тариф енгиземиз” деп қәўип салған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги