Мүрәжат өз шешимин тапты

134

Усы жыл 1-майда Бозатаў районындағы Бозатаў поселкалық пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында көшпели қабыллаў болып өткен еди.

Усы қабыллаўда  Бозатаў районындағы  Еркиндәрья МПЖ турғыны Гүлжәҳән Сейдаметова ишимлик суўыныӊ  жетиспеўшилиги, суў ресурсларыныӊ үзликсиз тәмийнаты машқаласы бойынша өз мүрәжатын билдирген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниң Баслығы тәрепинен пуқараныӊ мүрәжаты тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ тәрепинен, Аралбойы халқыныӊ экологиялық ҳәм социаллық машқалаларына шешим табыў мақсетинде Аралды Қутқарыў халықаралық фонды Атқарыў Комитетиниң Нөкис филиалына тийисли тәртипте тапсырма берген еди. Нәтийжеде Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў Комитетиниң Нөкис филиалы тәрепинен пуқара Г.Сейдаметованыӊ жасаў орнына суў шығарыўшы қудық қазып берилип, ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды.

Өз гезегинде мүрәжат ийеси Г.Сейдаметова алыс аймақтыӊ суў ресурслары жетиспеўшилигине болған талабын қанатландырыўда, санитариялық-гигиеналық шараятларыныӊ жақсыланыўында жәрдем көрсетип, үлесин қосқан республика басшыларына өзиниӊ миннетдаршылығын билдирди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.