Техаста айрықша жағдай

130

АҚШ Президенти Дональд Трамп күшли жаўын ҳәм Гвадалупе дәрьясының тасқынынан ең көп жәбир көрген Техастың Керр округинде айрықша жағдай жәриялады.

Америка басшысының атап өткениндей, бул қарар «айрықша жағдайлар хызметине оператив түрде зәрүр ресурс ажыратыў» имканиятын береди.

Соңғы мағлыўматларға бола, штат орайын қамтып алған суў тасқыны ақыбетинде кеминде 59 адам қайтыс болған. Губернатор Грег Эбботт алдынырақ 850 ден аслам адам эвакуацияланғаны ҳаққында хабар берген еди.

Атап өтилиўинше, федерал ҳәкимият тәбийғый апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда мәмлекетлик хызмет хызметкерлерине жәрдем бермекте. Ишки қәўипсизлик министри Кристи Ноэм Техасқа жетип келген.

М.Пирматова, ӨзА