Өзбекстан Президенти Қазақстанның биринши Президентин қутлықлады
167

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаевты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тиледи.
Өзбекстан-Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының бүгинги дәрежеси, көп тәреплемели бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.