ҚМУда диплом тапсырыў салтанаты болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде диплом тапсырыў кешеси салтанатлы түрде белгиленди. Университетти табыслы тамамлаған питкериўшилерге дипломлар тапсырылды ҳәм олар ушын өзгеше байрам орталығы жаратылды.
Усы жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 6 мыңнан аслам бакалавр ҳәм 300 ге шамалас магистрант питкермекте. Бул санлар университеттеги билимлендириўдиң сапасын ҳәм кең көлемли потенциалын және бир мәрте көрсетеди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, университет басшылары, профессор-оқытыўшылар, ҳүрметли мийманлар, питкериўшилер ҳәм олардың жақынлары қатнасты.
Салтанатлы илажды университет ректоры, академик А.Реймов ашып берди. Ол питкериўшилерди өмирдеги жаңа басқыш пенен қутлықлап, былай деди:
– Бүгин сизлер ҚМУдағы билим ҳәм излениўлерге бай жылларды табыслы жуўмақлап, жаңа имканиятлар есигин ашпақтасыз. Бул жолда устазларыңыз сиңдирген мийнет, сизде қәлиплескен билим ҳәм көнликпелер келешекте, әлбетте, өз нәтийжесин береди.

Сондай-ақ, Ш.Өтемисов шығып сөйлеп, питкериўшилер ҳәм олардың ата-аналарын қызғын қутлықлады. Ол перзентлериниң бүгинги табысларында ата-аналардың үлеси шексиз екенин айрықша атап өтти.
Илаж даўамында өз пәнлери бойынша ең жоқары нәтийжелерге ерискен белсенди питкериўшилер ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Салтанатлы илаждың жуўмақлаўшы бөлиминде студент-жаслар тәрепинен таярланған көркем шығыўлар, қосықлар ҳәм сахналық көринислер көрсетилди. Байрам кейпиятында өткен кеше ҳәр бир қатнасыўшыда умытылмас тәсир қалдырды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы