Кубок финалшылары анықланды

265

Нөкис қаласында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»ниң Қарақалпақстан Республикалық басқышының ярым финал ойынлары болып өтти.

Оғада кескин ҳәм қызықлы өткен ярым финалдың дәслепкисинде Шымбай районы футболшылары Нөкис қаласы командасы менен күш сынасты ҳәм бул ойынның тийкарғы ўақты 1:1 есабы менен жуўмақланды.

Ал, ушырасыў төрешиси тәрепинен белгиленген пенальтилер сериясында болса, Нөкис қаласы командасы өз қарсыласларын 18:17 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Кубоктиң екинши ярым финалында болса, Нөкис районы жаслары Елабад посёлкасынан келген Қоңырат районы командасын 2:0 есабында жеңип, финал жолламасын қолға киргизди.

Енди бул жарыстың финалында пайтахтымыз командасы ақмаңғытлы футболшылар менен бас сыйлық ушын майданға түссе, Шымбай ҳәм Қоңырат районы жаслары 3-орын ушын өз-ара беллеседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.