Пакистанда имарат қулады

206

Пакистанда бес қабатлы имарат қулаўы ақыбетинде кеминде бес адам қайтыс болды, алты адам жарақатланды.

Қутқарыўшылар ҳәм Карачи мегапорт қаласының турғынлары биргеликте азанғы саат 10:10 да жүз берген ўақыядан соң жәбирлениўшилерди бүлгиншиликлер астынан шығарып алған.

– Ҳәзирге шекем бес адамның денесин, алты жараланғанды алып шықтық, – деди жоқары мәртебели жергиликли полиция офицери Ориф Азиз. – Имаратта 100 ге шамалас адам жасайды.

Қутқарыў әмелиятын басқаратуғын қайырқомлық шөлкеми – “Edhi” қорының ўәкили Саъд Идҳий “кеминде 8-10 адам елеге шекем бүлгиншилик астында болыў итималы жоқары” деди ҳәм имаратты “қараўсыз қалған” деп атады.

М.Пирматова, ӨзА