Сеулде нызамшылардың абыройы көтерилди

190

Қубла Корея бир қанша ўақыт сиясий кризисти басынан өткергеннен кейин айырым нормаларға өзгерис киргизбекте. Мәселен, мәмлекет нызам шығарыўшылары әскерий жағдай ҳаққындағы қағыйданы қайта көрип шығыў ушын даўыс берди: енди олардың Миллий ассамблеяға кириўине тосқынлық етиў қадаған етиледи.

BBC хабарына бола, бул қарар бурынғы Президент Юн Сок Ёль өткен жылы декабрь айында қысқа мүддетли әскерий жағдай жәриялағанда жүзеге келген тәртипсизлик себепли қабыл етилген.

Жаңа реже армия ҳәм полиция Миллий ассамблеяға спикердиң рухсатысыз кириўин де шеклейди.

Муслим Зиё, ӨзА