Жаңаланған аўылдың бүгинги келбети

1963-жылы салыгершиликке қәнигелескен хожалық сыпатында шөлкемлескен Қызылөзек елаты 1970-1991-жыллары аралығында ҳәр жыл сайын мәмлекетке 15-20 мың тонна салы жетистирген республикамызға белгили аймақ болды. Усы жыллар ишинде, бул жерде сол заманға сай турақ жайлар қурылып, олардың жер участкалары тар болғанлықтан, халықтың үй алдыларына дийқаншылық етиў мүмкиншилиги жоқ еди.
Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң, аймақ халқы ушын 24-32 сотыхтан қыйтақ жер майданлары ажыратылып, оларға емин-еркин дийқаншылық ҳәм бағшылық пенен шуғылланыў имканияты жаратылды.
-Ҳәзир 32 сотых жер майданына ийемен,-дейди аймақ турғыны Кеңесбай Ниязов.-Бурын бул жерлер жыңғыл басқан партаў жерлер еди. Район басшылары ҳәм аўыл ақсақалларының қоллап-қуўатлаўы менен жеримизге жап-салмалар қазылып, ҳәр қыйлы мийўе-жүзим нәллерин егип, олардың араларында овощ-палыз егинлерин жетистирип келмектемиз. Ҳәзир жеримизде алма, алмурт, шабдал, ерик, қәрели, беҳи, жүзим, әнардан мол өним алып киятырмыз. Сондай-ақ, картошка, помидор, гешир, чеснок, қаўын-ғарбызды да усы жерден жетистирип, хожалығымызды бул өнимлер менен толық тәмийинлеп атырмыз.


Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары мәмлекетимизде халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде, аймақларда дийқаншылық мәденияты жоқарылап, пуқараларымыздың қыйтақ жерден дәрамат алыў имканияты кеңеймекте.


Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарлары тийкарында, республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйынында да жоллар оңланып, ишимлик ҳәм электр тармақлары жаңадан тартып берилди.
-2021-жылы «Абат аўыл бағдарламасы» тийкарында, 9 км жолға қум-шағыл тас араласпасы төселип, жыйын орайындағы 1,9 км аралықтағы орайлық көше асфальтланды. 10 км аралыққа ишимлик суўы тармақлары тартылып, 1,9 км көшеге жақтыландырыў үскенелери орнатылды,-дейди жыйын баслығы Байрамбай Палымбетов.-Жыйын орайындағы 3-санлы балалар бақшасы жаңадан салынып, 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебине ири оңлаў жумыслары жүргизилди. 2023-жылы Төпе аўыл елатына суўды душшыландырыўшы станция қурылып, аймақтағы 75 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.Соның менен бирге, мәҳәллеге ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан 2,5 км аралыққа қум-шағыл тас араласпасы төселип, 2 орынға бақлаў камералары, жыйын кеңсесине қуяш панели орнатылды. Бир орынға балалардың ойнаў майданшасы қурылған болса, Ашық бюджет порталы арқалы, жасыл қапламалы футбол майданшасы салып берилди.
Сондай-ақ, 2024-жылы Ашық бюджет порталы арқалы 1 млрд 300 млрд сум утып алынып, Төпе аўыл елатына алып барыўшы 5,5 км жолға қум-шағыл тас араласпасы төсеп берилди.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, бул аймақта көплеген ири көлемдеги дөретиўшилик ислер әмелге асырылып, халықтың жасаў жағдайы жақсыланды.
Ал, ҳәзирги күнлери болса, бул ийгиликли ислер даўам еттирилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, Қызылөзек АПЖға қараслы Болыс аўылында жайласқан 11-санлы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 90 орынлық филиалы имаратының қурылыс оңлаў жумысларына 1 млрд 872 млн сум қаржы ажыратылып, “Паласт Профил монтаж” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қызғын ислер алып барылмақта.



Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.