Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды

209

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева БМШ Халықтаныў қоры (UNFPA)ның Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Нигина Абасзаде менен ушырасыў өткерди, деп хабар бермекте senat.uz.

«Ушырасыўда мәмлекетимизде демографиялық өсиўдиң унамлы имканиятлары, халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Әсиресе, ҳаял-қызлар ушын қолайлы мийнет шараятларын жаратыў, олардың жумыс ҳәм шаңарақлық жуўапкершиликлерин тең салмақлы алып барыў бойынша халықаралық тәжирийбе ҳәм алдынғы әмелиятларды үйрениў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, гендер теңлик мәселесинде тек ғана статистикалық көрсеткишлер емес, ал әмелий өзгерислер әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда ҳаял-қызлардың потенциалын кеңнен қоллап-қуўатлаў, ҳәр қыйлы тараўларда маманлығын арттырыў ушын оқыў бағдарламаларын жолға қойыў мәселесинде бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Нигина Абасзаде өз гезегинде Өзбекстанда қызлар ушын билимлендириў имканиятларының кеңейип атырғаны ҳәм бул келешек ушын ең дурыс инвестиция екенин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, санлы зорлық-зомбылық етиўге қарсы қаратылған нызамшылықты жетилистириў, онлайн зорлық етиўге қарсы анық ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыў бойынша усыныслар да додаланды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм БМШ Халықтаныў қорының 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды» делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги