Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ханкенди қаласындағы Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммити шеңберинде Аўғанстан Бас министриниң экономикалық мәселелер бойынша орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Молла Абдул Ғани Бародарды қабыллады.

Саўда-экономика, транспорт-логистика, энергетика тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланды.

Товар алмасыў көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалар санының турақлы артып баратырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Әмелий байланыслар жеделлести. Усы жылдың май айында Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларында Өзбекстан саўда үйлери ашылды. Июнь айында Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Өзбекстан жетекшиси шегара алды саўда ҳәм тийисли инфраструктураны және де раўажландырыў, қазып шығарыў, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақларында, қурылыс материаллары тармақларында, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Стратегиялық әҳмийеттеги регионаллық жойбар – Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

 ӨзА