Бакуде Өзбекстан телекоммуникация тармақларын басқарыў республикалық орайы делегациясының «AzInTelecom» менен ушырасыўы болып өтти

2025-жыл 2-июль күни Баку қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Әзербайжанға рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан телекоммуникация тармақларын басқарыў республикалық орайы ўәкиллериниң «AzInTelecom» компаниясының техникалық жәмәәти менен жумысшы ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўдың тийкарғы темасы Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ҳүкиметлери арасында клонланған, урланған, жоғалған ҳәм жынайый иске байланыслы мобиль қурылмалар бойынша мәлимлеме алмасыўды шөлкемлестириў ҳаққындағы еки тәреплеме келисимди әмелге асырыў механизмлерин әмелий додалаўдан ибарат болды.

Тәреплер болажақ техникалық бирге ислесиў регламентиниң дүзилиси ҳәм мазмунын додалады. Мәлимлемени қорғаў ҳәм алмасыўды автоматластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан тәрепи, сондай-ақ, IMEI-клонларды анықлаў ҳәм байланыс операторлары менен өз-ара бирге ислесиўдиң бар алгоритмлерин көрсетип, телеком-антифрод тараўындағы миллий шешимлерди усынды.
Ушырасыў жуўмағында мағлыўматлар алмасыўын тез пурсатта жолға қойыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды. Ушырасыў конструктивлик сөйлесиў ҳәм еки тәреплеме шерикликти беккемлеў руўхында өтти,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги