Өзбекстанда мәмлекетлик емес ЖООлардың жумысын лицензиялаўдың қосымша шәртлери белгиленди

153

Өзбекстанда мәмлекетлик емес ЖООлардың жумысын лицензиялаўдың қосымша шәртлери белгиленди. Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң “Республикада мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлериниң сапасын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы 403-санлы қарары қабыл етилди.

Оған бола, лицензиялаўдың қосымша шәртлери төмендегилерден ибарат:

– талапкер тәрепинен шөлкемлестирилип атырған жоқары билимлендириў шөлкеминиң концепциясы усынылады.

– талапкер тәрепинен мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў процеси менен тиккелей байланыслы болған техникалық база, программалық тәмийнатты өз ишине алған дәслепки устав фонды (устав капиталы) 2 млн АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған муғдарда қәлиплестиреди. Кейин ала студентлер санының көбейип барыўына сәйкес түрде устав фонды арттырып барылады;

– Талапкер тәрепинен 350 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржылар коммерциялық банклердеги депозитлерге резервке жайластырылады;

– Шөлкемлестирилип атырған жоқары билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў процесине мөлшерленген имарат ҳәм объектлериниң майданы 5 мың кв/метрден аз болмаўы керек. Онда имарат университеттиң өз мүлки болыўы шәрт емес, кеминде 5 жыл мүддетке дүзилген ижара (тегин пайдаланыў) шәртнамасы тийкарында жумыс баслаў да мүмкин;

– Жоқары билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилген ўақыттан баслап дәслепки 5 жыл даўамында оның жыллық сап пайдасының кеминде 80 проценти, кейинги жылларда болса кеминде 50 проценти усы билимлендириў шөлкеминиң тийкарғы жумысын раўажландырыўға бағдарлайды.

Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң күшке киреди. Қарар күшке киргенге шекем лицензия алған исбилерменлик субъектлери 2026-жыл 1-январьға шекем өз жумысын жаңа лицензия талаплары ҳәм шәртлери тийкарында шөлкемлестириўи керек,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги