Пентагон ракетаға қарсы қорғаныўды раўажландырыў ушын 3 миллиард доллар ажыратты

“Lockheed Martin Rotaryand Mission Systems (LM RMS)” компаниясы “Aegis” ракетаға қарсы қорғаныў системасы ушын компьютер шешимин ислеп шығыў ушын шама менен 3 миллиард долларлық шәртнамаға қол қойды, деп хабар берди АҚШ Қорғаныў министрлиги.
– Кәрхана 2 968 000 000 доллар муғдарында эксклюзив, 10 жыллық, белгисиз муғдарда мүддетсиз жеткерип бериў бойынша шәртнама менен сыйлықланбақта,-делинеди Пентагон тарқатқан тийисли билдириўде. – Компания ҳүкиметтиң талабына муўапық баллистикалық ракетаға қарсы қорғаныў системасының барлық басқышларын (режелестириў, анықлаў, қадағалаў, услап турыў ҳәм баҳалаў) модернизациялаў мақсетинде изертлеўлер алып барады, концепция ҳәм программалық шешимлер ислеп шығады. Шәртнама 2025-жыл июльден 2035-жыл июньға шекем әмел етеди. Жойбар Нью-Жерси штаты Мурстаун қаласында әмелге асырылады.
С.Раҳимов, ӨзА