Өзбекстан Президенти Физулий қаласына барды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Физулий қаласына барды.
Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан мәденият министри Одил Керимли ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Қала уллы әзербайжан шайыры ҳәм ойшылы Муҳаммад Физулий аты менен аталған. Мәмлекеттиң қубла-батыс бөлегинде жайласқан бул қала әзелден Қарабағтың “қубла дәрўазасы” есапланады.
2020-жылдан баслап Физулий районы ҳәм қаласында кең көлемли қайта тиклеў бағдарламасы әмелге асырылмақта. 2021-жылы пайдаланыўға тапсырылған Физулий аэропорты қурылған әҳмийетли объектлерден бири болды. Қалада, сондай-ақ, заманагөй турақ жай комплекслери, медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, инфраструктура объектлери бой тикледи, жаңалары қурылмақта.

2023-жыл август айында еки мәмлекет жетекшилери қалада Өзбекстан Президентиниң басламасы менен дос халықларымыз арасындағы беккем дослық белгиси сыпатында қурылған Мырза Улығбек атындағы заманагөй мектепти ашқан еди.

ӨзА