Жергиликли кеңеслер халықтың ҳақыйқый «ҳаўазы»на айланады

258

Шақырық

Жаңа Өзбекстан 2030-жылға барып қандай көриниске ийе болатуғынын, адамлардың турмыс абаданлығы қай дәрежеде өсиўин көз алдымызға келтириў, бизиңше, бүгин қыйын емес. Себеби мақсет ҳәм режелер анық, реформалар жедел, қәдемлер жедел, нәтийжелер көп күттирмейди. Ҳәзирден-ақ көз алдына келтириў имканиятын беретуғын усы факторлар ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде келешекке болған жоқары исеним сезимин оятпақта.

2030-жылға шекем экономика көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў, 2026-жылға шекем кәмбағаллықты 2022-жылға салыстырғанда 2 есеге, 2030-жылға шекем болса кескин қысқартыў, жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин кеминде 50 процентке жеткериў, мектеп питкериўшилериниң кеминде 2 шет тили ҳәм 1 кәсип-өнер ийелеўин тәмийинлеў, мийнетке жарамлы халық, соның ишинде, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслар ушын турақлы дәрамат дәрегин жаратыў арқалы жумыссызлық дәрежесин 7 процентке түсириў, аймақларда хызмет көрсетиўдиң көлемин 3 есеге арттырыў, электрон тәризде көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 100 процентлик еселеў… Дизимди узақ даўам еттириў мүмкин. Олардың қатарында және бир ийгиликли мақсет бар. Ол да болса “Өзбекстан – 2030 стратегиясы”нда белгиленген жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларын халықтың ҳақыйқый “ҳаўазы”на айландырыў болып табылады.

Ўәкилликлер және де кеңейтилмекте

Усы мақсетте 2024-жыл 2-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, онда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын «Күшли Кеңес, есап бериўши ҳәм интакер ҳәким» принципи тийкарында реформалаўға қаратылған бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиў, халықтың тиккелей ерк-ықрары тийкарында қарар қабыл етиў талап етилетуғын жәми 33 ўәкиллик жергиликли Кеңеслердиң ықтыярына өткерилди. Сондай-ақ, Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы да белгиленди.

Усы жыл 23-июньде болса мине, усы Концепцияны тастыйықлаў ҳаққында Президент пәрманы қабыл етилди. Концепция менен бир қатарда оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» да тастыйықланды.

Атап айтқанда, пәрманда жергиликли дәрежеде халық ҳәкимиятшылығын толық әмелге асырыў, соның ишинде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ролин, пуқаралардың жергиликли басқарыўға кеңнен қатнасыўына байланыслы демократияластырыў процесслерин беккемлеў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жергиликли халық ўәкиллери алдындағы есап бериўин арттырыў, аймақлық басқарыўды «халық мәплерине хызмет етиў» принципи тийкарында орайластырмаў, ҳәр бир буўындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ўазыйпалары менен функцияларын анық белгилеў, ўәкилликлерин теңдей бөлистириў, аймақлараралық саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды күшейтиў мақсетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларының халықаралық бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў сыяқлы тийкарғы мақсетлер өз көринисин тапқан.

Ҳақыйқатында да, жергиликли Кеңеслер халыққа ең жақын буўын болып есапланады. Оларға сайланған депутатлар болса төменде, адамлар арасында болып, олардың қуўаныш ҳәм тәшўишлерин, аймақ машқалаларын тек ғана терең билетуғын емес, ал шешиў бойынша усынысларға да ийе болған халық ўәкиллери. Жергиликли Кеңеслер халық ҳәм мәмлекет арасындағы көпир, деп бийкарға айтылмаған. Сонлықтан да жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының интакерлигин буннан былай да арттырыў мәселесине итибар қаратылмақта. Соның ишинде, пәрман менен жергиликли әҳмийетке ийе бир қатар ўәкилликлерди жергиликли Кеңеслерге өткериў белгиленди. Ҳәзирги ўақытта ҳәкимлер ўәкиллигинде болған мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз ставкаларын, жерлеў орынларын сақлаў қағыйдаларын тастыйықлаў, жерлеў хызметлерин көрсетиў бойынша тарифлердиң муғдарын белгилеў усылардың қатарына киреди. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналып атырған ҳәм мийнет базарында теңдей шараятларда бәсекилесе алмайтуғын шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын жумыс орынларының ең аз санын белгилеў ҳәм резервке қойыў, жоллардың айырым бөлимлеринде ҳәрекетлениў тезлигин арттырыў ямаса азайтыўға (тийисли жол белгилери орнатып) руқсат бериў ўәкиллиги де Кеңеслерге өткерилмекте.

 

Машқалалардың шешимине қаратылған нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылады

Дурыс, усы күнге шекем әмелиятта халықтың ҳәм аймақтың мәплерине байланыслы айырым өткир мәселелерди шешиўде депутаттың ҳәм ҳәттеки жергиликли Кеңестиң де күши ҳәм ўәкиллигиниң жеткиликли болмайтуғын жағдайлар ушырасып туратуғын еди. Енди болса аймақтағы машқалаларды шешиў бойынша төрт басқышлы «мәҳәлле жетилиги» – район (қала) Кеңеси – ўәлаят Кеңеси – Сенат» системасын жолға қойыў белгиленди. Оған бола, аймақты раўажландырыў бағдарламаларындағы орынланбай атырған мәселелер ҳәм халық тәрепинен көтерилип атырған машқалалар «мәҳәлле жетилиги» менен анықланып, район (қала), ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде шешиў илажы көриледи. Онда республика дәрежесинде шешилетуғын аймақ мәплерине байланыслы әҳмийетли мәселелер Олий Мажлис Сенатының додалаўына алып шығылады.

Буннан тысқары, нызам дөретиўшилиги процесине жергиликли Кеңеслерди кеңнен тартыў, қадағалаў-таллаў илажларында да Сенат ҳәм жергиликли Кеңеслердиң бирге ислесиўин кеңейтиўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Президентимиз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2024-жыл 19-ноябрьде өткерилген биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде «Кеңеслердиң депутатлары быйыл пуқаралар менен ушырасыўларда 22 мыңнан аслам машқалаларды анықлаған. Яғный, орынлардағы ҳақыйқый жағдайды олар жақсы биледи. Солай екен, нызамларды парламент комитетлеринде көрип шығыўда, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери менен емес, ал жергиликли Кеңеслердиң депутатлары менен көбирек жумыс алып барылса, әлбетте, әдил болады», деп атап өткен еди.

Бундай унамлы жаңалықлар аймақларда реформалардың барысын жеделлестириўде жергиликли Кеңеслердиң Сенат пенен бирге ислесиўин және де күшейтиўге, аймақлық машқалаларды Сенат арқалы Ҳүкимет дәрежесине алып шығып, унамлы шешиў системасын жетилистириўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң өз-ара бирге ислесиў әмелиятын күшейтиў, соның ишинде, бир неше аймаққа тийисли болған социаллық-экономикалық, айрықша ҳәм техноген жағдайлар, климат өзгериўи ҳәм экологиялық мәселелерди улыўма қатнас тийкарында шешиў бойынша үйрениўлер алып барыў ҳәм нәтийжесин биргеликтеги мәжилислерде додалаў да нәзерде тутылмақта.

Бундай бирге ислесиў механизмлериниң енгизилиўи, атап айтқанда, Аралбойы регионын раўажландырыў, бул жердеги экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартыў, қыйын шараятта жасап атырған халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға да өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди.

Лаўазымлы шахслардың жуўакершилиги артады

Пәрман менен жергиликли Кеңеслердиң Регламент ҳәм депутатлық әдеби мәселелери бойынша турақлы комиссиясына Кеңестиң қарары менен лаўазымға тастыйықланатуғын, тайынланатуғын, лаўазымға тайынланыўында Кеңестиң келисими алынатуғын және Кеңеске есап беретуғын лаўазымлы шахслардың да әдеп-икрамлылық нормаларын бузғанлығы бойынша ислерди көрип шығыў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

Бизге белгили, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы мәселелерди қадағалаў-таллаў тәртибинде үйрениў ҳәм жергиликли Кеңеслердиң сессиялары, турақлы комиссиялар, депутатлық топарлардың мәжилислеринде додалап, тийисли қарарларды қабыл етиў, лаўазымлы шахслардың есабатларын тыңлаў, депутатлық сораў институтлары бүгин өзиниң нәтийжесин бермекте. Соның менен бир қатарда лаўазымлы шахстың орнына оның орынбасары ямаса бөлим баслығы мәлимлеме бериўи, нызамшылықта белгиленген мүддетлерде өзиниң мәлимлемесин ямаса есабатын усынбаўы, усынылып атырған мәлимлеме ямаса есабатта керекли мағлыўматлардың берилмеўи, депутатлық сораўға да усы тәризде жуўап берилиўи, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының қарарларына жуўапкершиликсиз қараў жағдайлары да ушырасып туратуғыны бар гәп.

Бундай шараятта атқарыў ҳәкимияты уйымларының аймақлық бөлимлериниң лаўазымлы шахсларына ийелеп турған лаўазымына ылайық емеслиги, интизамый жуўапкершиликке тартыў бойынша жоқары турыўшы уйымға усыныс киргизиў сыяқлы илажлар нәзерде тутылмақта. Әлбетте, бул жергиликли Кеңестиң қарары менен лаўазымға тайынланатуғын ямаса лаўазымға тайынланыўында Кеңестиң келисими алынатуғын лаўазымлы шахслардың жергиликли Кеңес алдындағы жуўапкершилигиниң артыўына алып келеди.

«Кеңес сааты» деп аталыўшы жаңа қадағалаў түриниң енгизилиўи, яғный, жергиликли Кеңеслерде депутатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының айырым әҳмийетли социаллық мәселелер бойынша мәлимлемеси тыңланыўы болса депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелий жақтан және де күшейтеди.

Депутатлар ушын да имканият

Депутат сыпатында пәрман менен тастыйықланған Концепция ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»нда белгиленген бир қатар анық мәселелер жумысымыздың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтпекшимен. Мәселен, сайлаўшы шаңарағы ямаса аймағындағы қандай да бир машқаланың шешилиўинде өзи исенген депутаттан үмит ететуғыны тәбийғый. Бирақ сондай жағдайлар бақланады, бул машқаланы шешиў ең соңында қаржы мәселесине барып тақалады.

Усы жерде «жол картасы»нда жергиликли бюджетлер жойбарын қәлиплестириўде аймақлардың категориясынан келип шығып, бюджет қәрежетлериниң 3-5 процентин тиккелей жергиликли Кеңес депутатларының басламасы тийкарында қәлиплестириў, Сенат пенен биргеликте «Сайлаўшы – депутат – ҳәким – Кеңес» өз-ара бирге ислесиў системасының жолға қойылыўы оғада әҳмийетли болып есапланады. Бул депутаттың сайлаўшылары арасындағы абырайын ҳәм аймақлардағы машқалаларды шешиўдеги имканиятын арттырыўға хызмет етеди. Жергиликли бюджетти қәлиплестириў процесине жергиликли Кеңес депутатларын жедел тартыў арқалы халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, депутатлардың басламаларын қоллап-қуўатлаў системасы жаратылады.

Соның менен бирге, аймақлық бағдарламаларды қәлиплестириўде депутат ҳәм «мәҳәлле жетилиги»ниң қатнасыўын тәмийинлеў – бул тек ғана имканият емес, ал жуўапкершилик те болып есапланады. Себеби бағдарламаға киргизилетуғын ҳәр бир мәселени, бәринен бурын, терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў талап етиледи. «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 17-статьясы (депутаттың транспортта бийпул жүриў ҳуқықы) нормаларын әмелге асырыў механизмлерин ислеп шығыў белгиленди.

Сондай-ақ, шөлкем басшысы тәрепинен өз хызметкери болған депутатларды жергиликли Кеңес сессиясы, турақлы комиссиялары, партия топарларының мәжилислерине қатнасыўы, сайлаўшылары менен ушырасыўлар, пуқараларды қабыллаўларды өткериўине тосқынлық етиўге жол қойылмаўы, депутаттың тийисли ўәлаят, район ҳәм қала аймағында жайласқан, тосқынлықсыз кириўи мүмкин болған кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер шеңберин ҳәм оларға кириў тәртибин анық белгилеў ҳәм басқалар нәзерде тутылмақта. Бул халық ўәкилиниң өз депутатлық жумысын толық әмелге асырыўы ушын шараят ҳәм имканият жаратады.

Биз, депутатлар аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы бойынша депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда жаңа, нәтийжели тәжирийбелерди турмысқа енгизиўимизде жоқарыдағы өзгерислер әйне мақсетке муўапық. Усы пәрманға тийкарланып жергиликли Кеңес депутатларының жуўапкершилигин ҳәм есап бериўин арттырыўға байланыслы нормалардың киргизилгени усы жағынан әҳмийетли.

*        *        *

Әлбетте, пәрманда нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпалар қаншелли кең көлемли болса, соншелли анық ҳәм пуқта. Олардың орынланыўы тек ғана жергиликли Кеңеслер ҳәм жергиликли Кеңес депутатларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға емес, ал аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў процесине жаңа пәт ҳәм нәтийжелилик бағышлайды.

Назира МАТЯҚУБОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты

Қарақалпақстан хабар агентлиги