Өзбекстан ҳәм Германия транспорт тараўында дуал билимлендириў системасын енгизеди
200

Өзбекстан Транспорт министрлигинде Германияның “Askania Future GmbH” (Саксония-Анхальт) рекрутинг компаниясының директоры Инго Юнг пенен ушырасыў болып өтти.
Мағлыўматқа бола, сөйлесиў ўақтында Өзбекстанда немис модели тийкарында дуал билимлендириў системасын енгизиў перспективасы додаланған. Немис тили курсларын ашыў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм пуқараларымызды Германияда жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Инго Юнг сырт ел тәрепи логистика ҳәм халықаралық жүк тасыў ушын кадрлар, соның ишинде, айдаўшылар таярлаў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў жолында анық қәдемлер белгилеп алынды.
М.Пирматова, ӨзА