Руанда да Трампты тынышлық бойынша Нобель сыйлығына ылайық көрип отыр

197

Руанда сыртқы ислер министри Оливе Ндунгире “Breitbart” порталына берген интервьюинде айтыўынша, АҚШ Президенти Дональд Трамп Руанда ҳәм Конго Демократиялық Республикасы машқаласын шешиўге жәрдем беретуғын ҳәр бир адам сыяқлы тынышлық ушын Нобель сыйлығына мүнәсип.

Хызметкер 30 жыллық Руанда ҳәм КДР арасындағы келиспеўшилик материкте ең узақ даўам еткен келиспеўшилик екенин атап өтти.

27-июнь күни еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери Оливе Ндухунгире ҳәм Тереза Вагнер Вашингтонда Конго шығысындағы келиспеўшиликти шешиў бойынша тынышлық келисимине қол қойды. Ҳүжжеттиң мазмунынан хабардар «Рейтер» агентлигине бола, КДР ҳәм Руанда Конго ҳүкимети ҳәм Қатар қәўендерлигинде ҳәрекетлениўи болжанатуғын «М23» көтерилисшилериниң сөйлесиў процесин толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирген. Келисим шеңберинде тәреплер 2024-жылы ерисилген, Руандада әскерлерин 90 күн ишинде алып шығыў, сондай-ақ, 30 күнде қәўипсизликти муўапықластырыў механизмин биргеликте жаратыў нәзерде тутылған ҳүжжетке әмел етиў миннетлемесин алады. Буннан тысқары, экономикалық интеграция жойбарын иске қосыўға да келисип алынды.

Еслетип өтемиз, алдынырақ Ўәкиллер палатасының ағзасы Эрл Бадди Картер Нобель комитетине Иран – Израиль келиспеўшилигин шешиўдеги ҳәрекети ушын Президент Трампты тынышлық бағдары бойынша сыйлыққа талабан етип көрсетиўди сорап, рәсмий мүрәжат еткен.

Пакистан ҳүкимети де Ақ үй басшысын Ҳиндстан менен келиспеўшиликти сапластырыўдағы дәлдалшылығын жоқары баҳалап, усы абырайлы сыйлыққа талабанлар дизимине киргизиў усынысын алға қойған.

С.Раҳимов, ӨзА