Пәнлер Олимпиадасы жеңимпазлары саяхатқа жол алды

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен оқыўшыларды ҳәм олардың устазларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Атап айтқанда, быйылғы жылы да республикамыз ҳүкимети тәрепинен бул ийгиликли ислер даўам еттирилип, 2024-2025-оқыў жылында 11-класс оқыўшылары арасында өткерилген тийкарғы пән олимпиадасының жуўмақлаўшы басқышында сыйлы 1-орынды ийелеген оқыўшылар ҳәм олардың устазлары ушын сырт елге саяхатқа барыўы режелестирилген еди.

-Бүгин IV басқыш жуўмақлаўшы пән олимпиадасында биринши орынды ийелеген оқыўшылар ҳәм олардың муғаллимлери Қырғызстан Республикасына төрт күнлик тәлим саяхатына жол алды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң баспасөз хаткери Перийзат Уразалиева.
Жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың муғаллимлерин саяхатқа шығарып салыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева қатнасып, оларға ҳақ жол тиледи.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылы өткерилген пәнлер олимпиадасының жуўмақлаўшы басқышында, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен Нөкис қаласындағы 16-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Динара Артикова ( устазы Марал Анесовна Сапарова), қазақ тили пәнинен Қоңырат районындағы 21-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Ақмаржан Зинаддинова ( устазы Кумисай Яхияева), география пәнинен Шымбай районындағы 20-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Ақылбек Қалжанбаев (устазы Мирали Жақсымов)лар биринши орынды ийелеўге миясар болған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.