Дослықта жаңа мектеп бой тиклемекте

Дослық мәкан пуқаралар жыйыны Шымбай районы орайында жайласқан болып, аймақта бүгинги күни 1004 хожалықта алты мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қоллап-қуўатлаўы менен аймақта көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Әсиресе, халықтың мүшкилин жеңиллетиў мақсетинде, исленген дөретиўшилик жумыслар аймақ турғынларының ертеңги күнге деген исенимин беккемлеп, оларды алға қарай басламақта.


-2022-2023-жыллары аймағымызда 3,3 км аралықтағы көшелеримиз асфальтланып, 1, 2 км аралықтағы жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселди,-дейди жыйын баслығы Бахытгүл Разимова.-Сондай-ақ, өткен жылы мәҳәллемизди раўажландырыў мақсетинде, республика ҳүкимети тәрепинен ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан, Қарақалпақстанның 50 жыллығы ҳәм Дослық көшелерине заманагөй электр линиялары ҳәм ишимлик суў тармақлары тартылып, бир орынға светафор ҳәм еки орынға бақлаў камералары орнатылды. Сондай-ақ, еки орынға балалардың ойнаў майданшасы салып берилди. Ал, быйылғы жылы болса, аймақта халық санының көбейип барыўы себепли, Наўрыз көшеси аймағынан 330 орынлық жаңа мектеп имараты қурып берилмекте.

-Мектеп қурылысын усы жылдың май айында баслаған едик,-дейди «Амударё хизмат кўрсатиш маркази» МЧЖ баслығы Рахметжан Тахиров.-Имарат 3 қабатлы, 3 блоктан ибарат болып, қурылыс жумысларына 30 дан аслам қурылысшы ҳәм транспорт басқарыўшылары қатнаспақта. Ҳәзирги күнге келип, биринши блоктың биринши қабатын өрип болдық. Әйне күнлери төбелерин бастырып атырмыз. Сондай-ақ, екинши ҳәм үшинши блоклардың тырнақларын қуйыў жумысларын қызғын алып бармақтамыз. Несип етсе, мектеп қурылысын белгиленген мүддетте толық жуўмақлап, усы жылдың октябрь айына пайдаланыўға тапсырыўды режелестиргенбиз.

Шынында да бүгинги күни қурылыста жумыслар қызғын. Қурылысшылар күнниң усындай қолайлы күнлеринен нәтийжели пайдаланып, оқыў дәргайын аймақ халқына сапалы етип тапсырыў жолында аянбастан хызмет етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.